Европада пластикалық шығынды көбеймекте (+видео)

139

Женевада БМШтың қоршаған орталықты пластикалық шығындыдан қорғаў бойынша конференциясы болып өтпекте, деп хабар берген Euronews.

Европада желим өнимлериниң төрттен үш бөлеги тийкарынан қадақланбайтуғын қурылыс, мебель, тоқымашылық ҳәм турмыслық электроника сыяқлы бағдарларда қолланылады. Батыс Европада жыллық орташа пайдаланыў адам басына шама менен 150 килограмм. Бул белгиленген нормадан еки есеге көп, дегени. Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң мағлыўматына бола, 2040-жылға барып ески материк бойынша желим ыдыстан пайдаланыў 101,2 миллион тоннаға жетеди.

Ҳәзирги күнлерде Женевада болып өтип атырған БМШ конференциясында дүнья мәмлекетлери пластикалық патасланыў, соның ишинде, теңизге бундай шығындының тасланыўына қарсы гүресиўге қаратылған келисим додаланбақта. Теманың тийкарғы тәреплери сыпатында бир мәртелик ыдыс ислеп шығарыўды қысқартыў, пластмассада ушырасатуғын ең зыянлы химиялық элементлерди қадаған етиў, желим өнимлерди жойбарлаў бойынша универсал инструкция ислеп шығыў ҳәм бундай басламаларды қаржыландырыў атап өтилген.

Бир топар нефть қазып алыўшы мәмлекетлер, соның ишинде, Россия ҳәм Саудия Арабстаны бул усынысларға қарсы шықпақта. Яғный, өндиристи қысқартыў емес, ал шығынды менен байланыслы машқаланы шешиў ҳәм зыянлы өнимлерди қайта ислеўге қаратылған ҳәрекетти күшейтиўди мәсләҳәт етпекте. Ҳәр жылы дүнья жүзи бойынша 460 миллион тонна пластикалық өним ислеп шығарылады ҳәм бул муғдардың 81 проценти бир жылдан аз ўақыт ишинде шығындыға айланады. Шығындының болса тек ғана 9 проценти қайта исленеди, бестен бири тәбиятқа тасланса, қалған ярымы шығынды.

Европада шығындыға шыққан желим өнимлериниң тек ғана 10 проценти қайта исленеди екен. 2040-жылға барып қайта исленбеген пластикалық шығынды 47 процент, қоршаған орталыққа желим ыдыс тарқалыўы болса еки есеге көбейиўи болжанбақта.

Ҳәзирги күнлерде Европа Аўқамы аймағында пластикалық шығындының қоршаған орталыққа биле тура  шығарылыўы 9 процентке көбейген. Қурғақлықтан түсетуғын теңиз шығындысының дерлик 85 проценти пластикалық ыдыс. Бул суў жәнликлери ҳәм теңизден азықланатуғын инсан саламатлығы ушын қәўип туўдырады. Қоршаған орталықты патаслаўдан тысқары, пластикалық өним ислеп шығарыўшылар да климат өзгериўине сезилерли дәрежеде унамсыз тәсир көрсетпекте.

ЕАда пластикалық өним ислеп шығарыў менен байланыслы жыллық шығынды муғдары шама менен 13,4 миллион тонна карбонат ангидрид шығарады. Бул тек ғана пластикалық өним ислеп шығарыўдың тәбиятқа келтирип атырған зыяны…

Кенжа Бекжонов, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзА