Бүгин “telegram” социаллық тармағы 12 жасқа толды! (+видео)

Бүгинги күнде “telegram” дүньядағы ең белгили социаллық тармақлардан бири болып есапланады. Бүгин “telegram” социаллық тармағының жаратылғанына 12 жыл толды. Телеграмның тийкарғы жетискенлиги – сырлылыққа болған талапта болған. 2013-жылдың гүзинде Саудия Арабстаны ҳәм Персия қолтығы жанындағы басқа да мәмлекетлерде “telegram” социаллық тармағы ҳаққында гәп-сөзлер көбейди. Сонда белгили араб блогери Холид App Store’да жаңа әжайып мессенджер пайда болғаны ҳаққында бир неше постларда атап өтеди.
Телеграмның рекламасы оның сырлылығында болған. Дуров ҳеш ким олардың жазыспаларын көре алмайтуғынын атап өтип, пайдаланыўшыларда исенимди қайта оятады.
2014-жылы “telegram” мүнәсип түрде Европадағы ең тез өсип атырған стартапқа айланды. 2015-жылға келип “telegram”нан пайдаланыўшылар саны 100 миллионнан асты.
Телеграмның раўажланыўында және бир инсанның да өз үлеси бар десек асыра айтқан болмаймыз. Эдуард Сноуден бурынғы МРБ агенти. Ол 2013-жылы АҚШтан қашып Россияға келеди ҳәм баспана сорайды. Буның себеби ол ҳүкиметтиң адамлар үстинен алып баратуғын турақлы бақлаўларын жәриялайды. Телеграмның даңққа ерисиўине сол ўақыттағы жағдай – сырлылыққа болған талап себеп болады.
Телеграм тийкарынныӊ салыўшысының айтыўынша, 12 жыл ишинде “тек аўыз-еки сөз себепли” 800 миллионнан аслам белсенди пайдаланыўшыға ийе болған. “Жыллар даўамында көплеген жаңаланыўлар ҳәм жақсыланыўлар менен Телеграм заманагөй хабар алмасыў тәжирийбеси қандай болыўы керек екенлигин қайта белгилеп берди. Өткен он жыллық толқынландырыўшы өткен болса да, кейинги 12 жыл Телеграм өзиниң ҳақыйқый потенциалын ашып беретуғын ўақыт болады”, деп жазады миллиардер.
Усы жерде хакерлер Телеграм ушын қай дәрежеде қәўипли? деген сораў туўылады. Хакерлер Телеграмнан шығып кеткен мағлыўматларды ҳәр қыйлы усылларда билип алыўы мүмкин. Телеграм қәўипли хакерлер ҳәм кибержынаятшыларға өз жумысларын автоматластырыў ушын кең имканиятларды усыныўы мүмкин. Телеграм ботлары ислеп шығыўшыларға платформада үшинши тәреп қосымшаларын иске түсириў имканиятын береди. Әдетте, компаниялар реклама ҳәм маркетинг компаниялары ушын бул технологиядан пайдаланады. Хакерлер ботлардан саяда турып өз операцияларын орынлаў ушын пайдаланыўы ҳәм өз тәсирин чатлар ҳәм топарларға аңсатырақ тарқатыўы мүмкин. Бирақ Телеграм қарақшылық пенен шуғылланыўшы машқалалы топарларды жабыўда әдеўир қызығыўшылық көрсетип атырғанын да айтпаўға болмайды. Компания турақлы түрде пайдаланыўшылар арасында авторлық ҳуқықы менен қорғалатуғын материалларды алмасатуғын ҳәр қандай топар ямаса каналларды жабады.
Мәмлекетлик уйымлар ушын “telegram”нан пайдаланыў қәўипсиз бе?
Әлбетте, қәўипсизлик көзқарасынан Телеграм көплеген үстинликлерге ийе болыўына қарамастан, тилекке қарсы, мәмлекетлик уйымларда ислейтуғын пайдаланыўшылар ушын пүткиллей қәўипсиз социаллық тармақ емес. Бул қосымша мәмлекетлик уйымлар арасында өз-ара жасырын хабарлар алмасып атырған ўақытта ҳәр түрли хакерлер ҳүжимлерине ушыраўы мүмкин. Усындай жағдайлардың алдын алыў ушын мәмлекетлик уйымлардың пайдаланыўшылары қосымшаны илажы болғанынша қәўипсизлик қағыйдаларына әмел еткен ҳалда пайдаланыўы мақсетке муўапық.
М.Турдалиева, А.Аҳмедов, ӨзАның хабаршылары