Өзбекстанда тоты қусларға қызығыўшылық артпақта

143

Тоты қуслар тек гөззаллығы менен емес, ал ақыл-парасаты менен де инсанларға жақын болған қуслар қатарына киреди. Реңли пәрлери, үйрениўге қумарлығы, инсан тилине уқсас сеслерди тәкирарлаў қәбилети себепли тоты қуслар пүткил дүньяда үй ҳайўаны сыпатында кең тарқалған. Өзбекстанда да бул қусларға болған қызығыўшылық жылдан-жылға артып бармақта.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында Өзбекстанға 6 сырт елден 765 дана тоты қус импорт етилген. Бул қуслар ушын жумсалған улыўма қаржы 20,1 мың АҚШ долларын қураған. 2025-жылы мәмлекетимизге ең көп тоты қусы жеткерип берген мәмлекетлер төмендегилер: Сенегал – 320 дана, Бельгия – 186 дана, Германия – 159 дана, Нидерландия – 74 дана, Тәжикстан – 20 дана ҳәм Чехия – 6 дана.

Сенегал усы дәўир даўамында тоты қус жеткерип бериўши жетекши мәмлекетке айланған. Африканың бул мәмлекети тийкарынан тропикалық климатлы аймақларда кең тарқалған тоты қус түрлерине ийе болып, олар Өзбекстандағы үй ҳайўанлары ықласбентлери арасында талап жоқарылығын көрсетпекте.

Тоты қусларға болған талаптың жоқарылығын бир неше себеплер менен түсиндириўимиз мүмкин. Бәринен бурын, Өзбекстан пуқаралары арасында әжайып үй ҳайўанларына қызығыўшылық артпақта. Әсиресе, балалар ҳәм жасларда тоты қусларды үйде бағыў әдеўир дәстүр болган. Қалаберди, тоты қуслар сөзлерди еслеп қалыў, тәкирарлаў, ойын ойнаў қәбилетине ийе болып, бул оларды әпиўайы қуслардан ажыратып турады.

Өзбекстанда тоты қусларға болған талаптың артып баратырғаны статистикалық санларда да айқын сәўлеленбекте. Бул қуслардың ақылы, сулыў ҳәм интерактив өзгешеликлери оларды көпшилик ушын қызықлы етеди. Келешекте бул тараўға тийисли нызамшылық, саламатландырыў, көбейтиў ҳәм экспортқа бағдарланған стратегиялар ислеп шығылса, тоты қуслар тек ғана үй ҳайўаны емес, ал экономикалық пайда дәрегине де айланыўы мүмкин.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА