Өзбекстан Президентиниң арнаўлы ўәкили Германия қорының делегациясын қабыллады
137

Өзбекстан Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев кеше Германияның “Бергхоф” қорының Аўғанстан, Орайлық ҳәм Қубла-Шығыс Азия бөлиминиң басшысы Басир Феда басшылығындағы делегация менен ушырасты, деп хабар береди Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги.
Хабарға бола, сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Аўғанстан бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайын ҳәр тәреплеме додалады.
Аўғанстан машқаласын шешиў бойынша турақлы сөйлесиўди қоллап-қуўатлаўға өз-ара мәпдарлық атап өтилди.
Ушырасыў конструктивлик руўхта өтти ҳәм Ташкент ҳәм “Бергхоф” қоры арасындағы әмелий сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыўға өз-ара мәпдарлықты тастыйықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги