Өндириў қарыздарға тыйымлар ҳәм шеклеўлер қолланбаған ҳалда әмелге асырылады – жойбар

Парламенттиң Төменги палатасының мәжилисинде орынлаў жумысын жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртибин буннан былай да жетилистириўге қаратылған нызам жойбары додаланды.
Нызам жойбары менен әпиўайыластырылған тәртипте орынланатуғын орынлаў ислери категориясы кеңейтилмекте. Атап айтқанда, видеоконференцбайланыс қәрежетлерин, коммуналлық хызметлер ҳәм көп квартиралы турақ жайлар мүлк ийелериниң мәжбүрий төлемлерин ямаса төлемлер бойынша қарыздарлықларды, сондай-ақ, базалық есаплаў муғдарының бес есесинен көп болмаған муғдардағы орынлаў ҳүжжетлерин әпиўайыластырылған тәртипте орынлаў нәзерде тутылмақта.
Додалаўларда жойбарды екинши оқыўға таярлаў процесинде жуўапкер комитет тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди. Атап айтқанда, парламенттеги оппозиция фракциясы ағзаларының усынысларынан келип шығып, әпиўайыластырылған тәртипте орынланатуғын жоқарыдағы жумыслар бойынша өндириў қарыздар физикалық тәрептиң банклердеги есап бетлеринде турған пул қаржыларына қаратылмаўы белгиленбекте.
Мәжилисте нызам жойбарында белгиленетуғын нормалар өндириўдиң нәтийжелилигин арттырыў, қурамалы болмаған орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлардың жасаў орнына барып, оларды артықша тынышсызландырыў жағдайларының алдын алыў ҳәм қарыздарға шеклеў ҳәм қадаған етиўлерди қолланбаған ҳалда өндириўди әмелге асырыўға имканият жарататуғыны атап өтилди.
Додалаўлар ҳәм сораў-жуўаплардан соң, нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги