АҚШ қаржы министри: Россияға қарсы санкция күшейтилиўи мүмкин

163

Россия ҳәм АҚШ Президентлери Владимир Путин ҳәм Дональд Трамптың Аляскадағы ушырасыўы табыслы жуўмақланбаса, АҚШ Россияға санкция басымын күшейтиўи мүмкин, деди қаржы министри Скотт Бессент.

– Биз Ҳиндстанға Россия нефтин сатып алғаны ушын екилемши бажы қойдық, – деген ол “Блумберг” телеканалына берген интервьюинде. – Егер жағдай жаманласса, санкция ямаса екилемши бажы арттырылыўы мүмкин.

Соның менен бирге, министр санкцияның көлеми ҳәм мүддети еки мәмлекет басшыларының ушырасыўы нәтийжесине қарап өзгериўи итималын да бийкарламады:

– Санкция кескинлеўи ямаса жумсартылыўы мүмкин. Мәселен, мүддет шеклениўи ямаса шексиз даўам етиўи мүмкин.

Сондай-ақ, ол Европа мәмлекетлерин Москваға екинши дәрежели миннетлеме жүклеў пикирине қосылыўға шақырды:

– Бул ҳақыйқатлық пайыты – я ҳәрекет етиң, я тыныш турың. Президент өз тәсир күшин жаратпақта. Европалылар бизге қосылыўы, жәрдем бериўи керек.

Кремль ҳәм Ақ үй алдынырақ Путин ҳәм Трамп 15-август күни Аляскада ушырасатуғынын билдирген. Шийшемби күни Ақ үй баспасөз хаткери Керолин Левитт саммит Анкорижде болып өтетуғынын қосымша еткен.

С.Раҳимов, ӨзА