Қуяштың белсендилиги төменледи

Россия Илимлер академиясы Космослық изертлеўлер институты Қуяш астрономиясы лабораториясының хабар бериўинше, сәршемби күни Қуяштың белсендилиги төменлеген, Жер қуяш плазмасының бурын атылып шыққан тез ағымынан шығып кетпекте.
– Қуяш белсендилигиниң барлық тийкарғы факторларында – қуяш ушқыны күши ҳәм таж тесигиниң Жерге тәсиринде тез төменлеў бақланды, – делинген социаллық тармақта тарқатылған хабарда. – Жердиң жанында қуяш самалы тезлиги Москва ўақты менен шама менен 8 де төменлей баслады. Бул планетамыз қуяш плазмасы тез ағымынан шығып атырғанын аңлатады.
Атап өтилиўинше, Қуяшта да жаныў энергиясының таўсылыў белгилери бақланбақта. Жулдыздың фон рентген нурланыўы күн басынан берли дерлик үш есе ҳәлсирейди, бақланған жарылыў күши болса шама менен бирдей муғдарда кемейди.
Соның менен бирге, илимпазлар Қуяштағы улыўма жағдайды турақсыз, деп атаған. Атап өтилиўинше, үлкен жулдызда көплеген белсенди, соның ишинде, жаңа, тез раўажланып атырған орайлар бақланбақта.
– Бундай жағдайда күшли жарылыў, ең болмаса, кейинги 2-3 күн ишинде, дерлик, имкансыз болып қалады, – деп қосымша етти лаборатория. – Геомагнит жағдай да тийкарынан жасыл аймаққа қайтты.
Илимпазлардың пикиринше, дем алыс күнлеринен алдын сезилерли өзгерис күтилмейди, Қуяш болса “бираз ўақыт умытылыўы мүмкин”.
С.Раҳимов, ӨзА