НМПИде техникум питкериўшилерин оқыўға қабыллаў ушын сәўбет өткерилмекте

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2025-2026-оқыў жылы ушын техникумларды табыслы тамамлаған питкериўшилерди бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыллаў бойынша сәўбет өткериў процеси басланды,-деп хабар бермекте НМПИ баспасөз хызмети.
Тастыйықланған кестеге муўапық, бүгин бакалавриаттың мектепке шекемги тәлим ҳәм дене мәденияты тәлим бағдарына сәўбетлесиў өткерилмекте.
Сәўбетлесиў процесине институттың тәжирийбели профессор-оқытыўшылары менен биргеликте тараўда жемисли мийнет етип атырған педагоглар бириктирилип, талабанлардың таярлығы баҳаланбақта.
Сондай-ақ, процесстиң әдил түрде, ашық-айдын өтиўи институттың коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс-қадағалаў» системасын басқарыў бөлими жуўапкерлери тәрепинен қадағалаўға алынған.

Еслетип өтемиз, институтта техникумларды табыслы тамамлаған питкериўшилерди бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыллаў бойынша сәўбет усы жылдың 15-август күнине шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги