Өзбекстан Республикасы Президенти Франция елшисин қабыллады

1969

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-август күни мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Франция Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушезди қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Франция елшисиниң нәтийжели жумысы ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Болып өткен жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер Өзбекстан-Франция бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, оның күн тәртибин анық мазмун менен байытыўға хызмет еткени атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде системалы сөйлесиў ҳәм жедел байланыслар жолға қойылған. Саўда-экономикалық тараўда сезилерли табысларға ерисилди. Кейинги жыллары товар алмасыў 4 есеге көбейди, Францияның жетекши компаниялары ҳәм шөлкемлери менен улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам жойбарлар әмелге асырылмақта.

Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўларында әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылмақта. Лувр музейи ҳәм Араб дүньясы институтында көргизбелер үлкен табыс пенен өтти.

Париж қаласы жанында Беруний естелиги ашылды. Франция пайтахтындағы көшеге Самарқанд аты берилди. Усы жылы Ташкент қаласында Өзбекстан-Франция университети өз жумысын баслайды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти Францияның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушезге мәмлекетлеримиз арасында дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын “Дўстлик” орденин тапсырды.

Елши ханым оның дипломатиялық миссиясы жоқары баҳаланғаны ҳәм Өзбекстан менен Франция арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

 

ӨзА