Депутат интакерликти буннан былай да арттырыўы зәрүрлиги атап өтилди

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң II Пленумы болып өтти.
Оған партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң ағзалары, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги депутатлық топарларының ағзалары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Пленумды ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кенесиниң баслығы Т.Романов алып барды.
Пленумда барлық дәрежедеги партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелери тәрепинен 2025-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында алып барылған жумыс нәтийжелери ҳәм 2025-2029-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясының Ис-режесин тастыйықлаў мәселелери додаланды.

Пленумда шығып сөйлегенлер итибарын, партия шөлкемлери тәрепинен алып барылған жумыслар, жетискенликлер ҳәм кемшиликлерге қаратып, партияның Сайлаўалды платформасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыў, электорат мәплерин қорғаў сыяқлы мәселелер де көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнге келип, партияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басланғыш партия шөлкемлериниң саны 680, партия ағзаларының саны болса 51268 ди қурамақта.
Партия өз алдына қойған мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша өткен жылы 271 жойбар, акция, семинар ҳәм илажлар өткерип, оларда 18 мыңнан аслам пуқара қатнасты.
Атап айтқанда, партия ўәкиллери тәрепинен “Үйме-үй,” “Хызмет – бийғәрез,” “Таза тарелка,” “Сиясатшы ҳаял-қызлар клубы” ҳәм басқа да партияның сайлаўалды бағдарламасынан келип шығып илажлар турақлы түрде өткерилип келинбекте.
Өткен есап бериў дәўиринде электорат мәплерин қорғаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы тәрепинен жәми 44 депутатлық сораў әмелге асырылып, 6 мәрте лаўазымлы шахстың есабатлары тыңланды. Жоқарғы Кеңес Президиумына 12 мәселе киргизилген.
Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги ӨзМТДП депутатлық топарларының ағзалары тәрепинен жәми 85 депутатлық сораў әмелге асырылды. Партия депутатлық топарлары тәрепинен 6 лаўазымлы шахстың есабатлары тыңланды. Турақлы комиссия мәжилислерине 22 мәселе, жергиликли Кеңеслердиң сессияларына 5 баслама алып шығылды. Депутатлар тәрепинен жиберилген жәми 129 депутатлық сораўдың 94 и, яғный 73 проценти унамлы шешилген, қалғанлары бойынша ҳуқықый түсиниклер берилген.
Өткен 6 ай даўамында Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине пуқараларымыз тәрепинен 36 мәрте мүрәжат келип түскен. Соннан 10 мүрәжат тийисли уйым ҳәм шөлкемлерге жиберилди. Қалған 26 мүрәжат өз ўақтында унамлы шешилди.
Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, “Устаз-шәкирт” дәстүрлерин раўажландырыў мақсетинде мәҳәллелерде жасап атырған жәмлеспеген жаслар, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, ўақтынша жумыссыз ҳаял-қызларға қосымша бийпул кәсип-өнер үйретиў ушын “Хызмет-бийминнет” жойбары шеңберинде өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 8 бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилди. Оқыў курсларында 54 жас ҳәм ҳаял-қызларға қосымша бийпул билим ҳәм кәсип-өнер үйретилди. Бул бийпул курслар 2025-жылдың кейинги дәўиринде де шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.
Депутат өз ўәкилликлеринен нәтийжели пайдаланған ҳалда интакерликти буннан былай да арттырыўы зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Пленумда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығы ушын белгиленген Ис-режеси ҳәм әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў бағдарында додаланған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги