Өзбекстан ҳәм Түркия өз-ара  бирге  ислесиў қатнасықларын және де раўажландырады

126

Экономика ҳәм қаржы министрлигинде Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (ТİКА)ниң Өзбекстандағы ўәкилханасы басшылығы менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда тәреплер арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў, соның ишинде, алты тийкарғы бағдар бойынша жергиликли кәрханалардың ўәкиллерин  Түркия  стандартлары тийкарында  маманлығын арттырыўға қаратылған оқыў-тренинглер шөлкемлестириў мәселелери додаланды. Соның менен бирге, ТİКА грантларын тартқан ҳалда басқа потенциаллы бағдарларда кең көлемли бирге ислесиўди  әмелге асырыў бойынша анық усыныслар ортаға қойылды ҳәм кейинги қәдемлер белгилеп алынды.

Сөйлесиўлерде энергия нәтийжелилигин арттырыў, урбанизация процесслерин қоллап-қуўатлаў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, хызметлер тараўын раўажландырыў ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиў перспективалары айрықша атап өтилди.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, ТİКА – Түркия Республикасының рәсмий раўажланыў бирге ислесиў агентлиги болып, 1992-жылы шөлкемлестирилген. Бүгинги күнде ТİКА 60 тан аслам мәмлекетте 60 тан аслам муўапықластырыў офислерине ийе. Агентликтиң тийкарғы мақсети Түркия ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлер арасында экономикалық, мәдений, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм техникалық бирге ислесиў тараўларында жойбарларды әмелге асырыў болып есапланады.

Ушырасыўда 2025-жылы Ташкент ҳәм Анкара қалаларында министрлик ҳәм оның системасындағы шөлкемлердиң хызметкерлери ушын ТİКА менен биргеликте бир қатар маманлық арттырыў ҳәм оқыў бағдарламалары шөлкемлестирилип атырғаны да қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў, додаланған жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша илажларды нәтийжели ҳәм системалы даўам еттириўге келисип алды.

Н. Зиёдуллаева, ӨзА