Орайлық Азия экспертлери форумы – әҳмийетли пикирлер майданы

Пайтахтымызда «Орайлық Азия – исеним, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўдың улыўма мәканы» VIII Орайлық Азия экспертлер форумы (ОАЭФ) даўам етпекте. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) тәрепинен шөлкемлестирилген усы әнжуман бағдарламасы регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириў перспективасын көрип шығыў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша анық илажларды белгилеўди нәзерде тутқан.
2018-жыл шөлкемлестирилген Орайлық Азия Экспертлер Форумы (ОАЭФ) өткен сегиз жыл даўамында өзин регионаллық күн тәртибиндеги ең әҳмийетли мәселелер додаланатуғын, регионымызда бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығылатуғын әҳмийетли майдан сыпатында көрсете алады. Усы көзқарастан Орайлық Азия мәмлекет басшылары Мәсләҳәт ушырасыўы (ОАММУ) алдынан өткерилип атырған системалы экспертлер сөйлесиўи жоқары дәрежедеги платформа күн тәртибин байытыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги гүмансыз.
Улыўма, илаждың ашылыў мәресиминде мәмлекетимиз сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев атап өткениндей, ОАЭФ жумысын баслаған дәслепки жыллардағы әжайып сөйлесиў майданынан, енди регионаллық бирге ислесиўдиң тырнағын беккемлейтуғын, тийкарғы бағдарларын белгилейтуғын идеялар ҳәм пикирлер мазмунына айланды.
Ғайрат Хонназаров,
Аслиддин Алижонов (сүўрет),
ӨзА