ЖСШға ағза болыўда нызамшылық реформаларының орны

163

Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине (ЖСШ) толық ағза болыўы мәмлекет экономикасын либералластырыў жолындағы тийкарғы бағдарлардан бири болып есапланады. Бул халықаралық шөлкемге ағзалық Өзбекстанның көп тәреплеме саўда системасына қосылыўында, сыртқы саўда сиясатында үлкен әҳмийетке ийе болып, әдил саўда системасын жолға қойыў имканиятын береди. Сол себепли мәмлекетимизде Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесслери жедел алып барылмақта. Миллий нызамшылықты оған йкеслендириў, тәртип ҳәм стандартларды халықаралық талапларға бейимлестириў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

Пайтахтымызда 13-16-август күнлери Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм бир қатар мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери қатнасыўында Жәҳән саўда шөлкеминиң ҳуқықый системасы ҳәм усы системаның нызамшылық процесслери мәселелерине бағышланған семинар-тренинг болып өтпекте.

Тренинг Нызамшылық палатасының Нызамшылықты ЖСШ келисимлерине сәйкеслендириў бойынша комиссиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жәҳән саўда шөлкеми мәселелери бойынша ўәкили менен биргеликте “Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў процесине жәрдемлесиў” жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди. Конференциядан гөзленген мақсет халықаралық саўданы ҳуқықый тәртипке салыў, ЖСШ ҳуқықый системасының тийкарлары, сондай-ақ, миллий нызамшылықты ЖСШ келисимлериниң қағыйдаларына бейимлестириў мәселелери бойынша семинар қатнасыўшыларының потенциалын арттырыўдан ибарат.

Семинар-тренингте ЖСШ мәселелери бойынша халықаралық дәрежедеги экспертлер – ЖСШ Апелляция уйымының бурынғы ағзасы, бир қатар халықаралық саўда келиспеўшиликлеринде коллегия ағзасы болған профессор Питер Ван ден Бош, узақ жыллар даўамында ЖСШ системасында түрли басшы лаўазымларда жумыс алып барған саўда мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ҳамид Мамду, сондай-ақ, халықаралық саўда мәселелеринде 35 жылдан артық ўақыт даўамында жумыс алып барып атырған АШҚтағы Джонс Хопкинс университети профессоры ҳәм халықаралық саўда мәселелерине қәнегилескен “Appleton Luff” адвокатлық фирмасының тийкарын салыўшы Артур Апплтонлар қатнаспақта. Сондай-ақ, Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, депутатлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жәҳән саўда шөлкеми мәселелери бойынша ўәкили, Өзбекстанның ЖСШға ағзалығы бойынша сөйлесиўшилер топарының ағзалары, “интеллект орайлары”ның ўәкиллери қатнаспақта.

Тренинг даўамында қатнасыўшылар халықаралық саўдадағы тариф, сондай-ақ, техникалық тәртипке салыў, санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажлар, субсидиялаў ҳәм демпинг мәселелери сыяқлы тариф емес илажлар бойынша тийкарғы қағыйдалар, оларды қолланыў, халықаралық хызметлер саўдасын тәртипке салыўдың өзине тәнлиги, халықаралық саўданың интеллектуаллық мүлк ҳуқықы менен байланыслы жақлары, ЖСШ шеңберинде халықаралық экономикалық келиспеўшиликлерди шешиў бойынша толық мағлыўмат алыў имканиятына ийе болмақта.

Семинарда Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў процесин жуўмақлаўда нызамшылық реформаларының орны, бул бағдарда нызам дөретиўшилиги мәселесинде алдынғы халықаралық тәжирийбелер ҳаққында пикир алысылды.

Муҳтарама Комилова, ӨзАның хабаршысы