Жасалма интеллекттен пайдаланыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылды (+видео)

206

Нызам жойбарына түсиник

Бүгин жасалма интеллект турмысымызға, жумысымызға жедел кирип келмекте. Бул заманагөй технологияның қолайлығы, абзаллық тәреплери жүдә көп. Ҳәр бир тараўды раўажландырыў, бағдарламалар ислеп шығыў ҳәм басқа да бағдарларда жасалма интеллект жедел жәрдемшимизге айланбақта.

Жасалма интеллекттен пайдаланыў көлеми артып барар екен, бул бағдардағы қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын да жаратыў зәрүр болады. Усы мақсетте жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған нызам жойбары ислеп шығылып, парламенттиң төменги палатасы тәрепинен қабыл етилди.

Бул ҳүжжетте нәзерде тутылып атырған нормалар ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, нызам басламашыларының бири Шаҳноза Холмаҳаматова толық айтып берди:

– Нызам жойбарында “жасалма интеллект” түсинигине ҳуқықый анықлама берилмекте. Бәршемизге белгили, бүгинги күнде жасалма интеллект барлық тараўларға жедел кирип бармақта, тараўларды раўажландырыўға хызмет етпекте. Сонлықтан елимизде жасалма интеллектти енгизиў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қатарылмақта.

Бул нызам жойбарында жасалма интеллектти енгизиў ҳәм раўажландырыўға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарлары беккемлеп қойылмақта. Арнаўлы ўәкилликли уйымның ўазыйпалары, мәлимлеме ресурсларын жаратыў ҳәм мәлимлеме системаларының жумысында жасалма интеллекттен пайдаланыўдың улыўма ҳуқықый тийкарлары белгиленбекте.

Және бир әҳмийетли тәрепи, қандай технология болмасын, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерине қол қатылмаўы керек. Болмаса буның ушын жуўапкершилик мәселелери белгилениўи керек. Усы мәнисте нызам жойбарында жасалма интеллекттен пайдаланып жаратылған мәлимлеме ресурслары ҳәм жасалма интеллект технологиялары тийкарында ислейтуғын мәлимлеме системалары инсанға, оның өмири, денсаўлығы, еркинлиги, абырайы ҳәм қәдир-қымбатына зыян жеткермеўи ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықларын бузбаўына байланыслы талап белгиленбекте. Егер жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда жаратылған мәлимлеме ресурсларында шахсқа тийисли мағлыўматлар нызамға қайшы түрде қайта исленсе ҳәм Интернет ямаса ғалаба хабар қуралларында тарқатылған болса, жынайый жуўапкершилик билгиленеди.

Соның менен бирге, инсанның ҳуқық ҳәм еркинлигине байланыслы юридикалық әҳмийетке ийе қарарларды қабыл етиўде тек ғана жасалма интеллекттен пайдаланып жаратылған мәлимлеме ресурслары ҳәм жасалма интеллект технологиялары тийкарында ислейтуғын мәлимлеме системаларының жуўмағына сүйенип қалыў мүмкин емес екенлиги өз көринисин тапты. Яғный, инсан ҳуқықларына байланыслы юридикалық көринистеги ҳәр қандай қарар технология емес, ал қәниге тәрепинен қабыл етилиўи керек.

Әлбетте, бүгин пүткил дүньяда жасалма интеллекттен кең көлемде пайдаланылмақта. Елимизде де бул технологиядан нәтийжели пайдаланыўдың дәслепки ҳуқықый тийкарларын жаратыўға зәрүрлик бар. Усы мәнисте бул нызам жойбарынан тийкарғы мақсет жасалма интеллекттен пайдаланыўды буннан былай да раўажландырыў, оны қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыўдан ибарат.

 

Муҳтарама Комилова, Дониёр Ёқубов, Анвар Аҳмедов (видео), ӨзА