Қураллы жәнжеллерде қатнасыў – жынайый жуўапкершиликке алып келеди

145

Миграция агентлиги сырт елдеги Өзбекстан пуқараларына мүрәжат етип, қураллы келиспеўшиликлерде қатнасыў жынайый жуўапкершиликке алып келетуғынын ескертти. Атап өтилиўинше, бир қатар мәмлекетлерде мийнет мигрантларын қураллы ҳәрекетлерде қатнасыў ушын жаллаў жағдайлары көбеймекте.

Агентлик төмендегилер қатаң түрде қадаған етилетуғынын ескертти:

Қураллы келиспеўшилик ҳәм жаўынгерлик ҳәрекетлер алып барылып атырған аймақларға жақынласыў;

– әскерий операцияларда қатнасыў;

– шет мәмлекетлердиң қураллы күшлери, қәўипсизлик хизметлери, әскерий әдиллик ямаса басқа күш структуралары қатарына қосылыў;

– гүманлы шахслар, топарлар ямаса шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жаллаў ямаса тартыў (вербовка) усынысларына келисим бериў.

Гүманлы усыныс ямаса жағдайлар жүзеге келгенде, дәрҳал Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери ямаса Миграция агентлигиниң ўәкилханаларына мүрәжат етиў соралмақта.

Жынаят кодексиниң 1541-статьясына муўапық, сырт мәмлекетлерде жалланба тийкарда әскерий хызметти өтеў 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги