Халықтың пикири ҳәм даўысы менен Бозатаўда жол инфраструктурасы жақсыланбақта

169

Халқымыздың социаллық турмысын жақсылаў, машқалаларын тиккелей олардың қатнасыўында шешиў мақсетинде енгизилген “Басламалы бюджет” бағдарламасының 2025-жыл 1-мәўсими шеңберинде Бозатаў районында әҳмийетли жойбар әмелге асырылмақта.

1-мәўсим жуўмақларына бола, Бозатаў ППЖ аймағындағы “Ғәрезсизлик,” “Устазлар” ҳәм “Бозатаў” көшелериниң 2 километр 100 метр бөлегин жаңадан асфальтлаў жойбары ең көп даўыс жыйнап, жеңимпаз деп табылды. Бул жойбар халықтың басламасы ҳәм даўысы тийкарында таңланған болып, район халқының көп жыллық машқаласын шешиўге хызмет етеди.

Өткен жыллары бул жоллардың қапламасы жарамсыз ҳалға келип, транспорт ҳәрекети ҳәм пиядалардың қәўипсизлигине унамсыз тәсир еткен. Жойбар жуўмағында 2,1 километр узынлықтағы жол заманагөй асфальт қапламасы менен тәмийинленеди. Нәтийжеде жергиликли халық, әсиресе оқыўшылар, жумысшы-хызметкерлер ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў имканияты жаратылады. Транспорт қатнаўы жақсыланып, жол-транспорт ҳәдийселериниң қәўпи азаяды.




Бул жойбар “Басламалы бюджет” бағдарламасының халықтың тиккелей пикири ҳәм даўысы тийкарында социаллық инфраструктура машқалаларын нәтийжели шешиўдеги әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги