“Дем алыс ақшамы” байрам илажы көтериңки  руўхта өтти

224

Жас әўладтың мазмунлы дем алыўы, қәбилет ҳәм потенциалын көрсетиўи, сондай-ақ, оларда миллий қәдириятларға ҳүрмет, кәсип-өнерге қызығыўшылық сезимин қәлиплестириў мақсетинде орынларда түрли мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерилмекте. Соның ишинде, Төрткүл районында да “Әҳмийетли 90 күнлик” бағдарламасы шеңберинде гезектеги тәрбиялық илаж шөлкемлестирилди.

Районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы “Бәркамал әўлад” балалар мектебинде “Дем алыс ақшамы” байрам илажы болып өтти. Бул илажда район ҳәкимлиги, диний уйымлар ҳәм руўхыйлық орайының ўәкиллери қатнасты. Атап айтқанда, Төрткүл районы ҳәкимлигиниң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша қәнигеси Н.Черикаева, район имам-хатиби Д.Киличев, Дин ислери бойынша комитеттиң район бойынша бас қәнигеси Қ.Омонбаев ҳәм Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң хызметкерлери қатнасты.

Онда шығып сөйлеген жуўапкерлер жасларды миллий өнерментшилик ҳәм кәсип-өнерге қызықтырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, руўхый тәрбияны күшейтиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында пикир билдирди. Сондай-ақ, айырым белсендилер Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының районлық бөлими тәрепинен хошаметленди.

Илаж даўамында мектеп оқыўшылары ҳәр қыйлы миллетлердиң аяқ ойынларын атқарды. Талантлы жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қатнасыўшыларға көтериңки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги