Каллас Россияға қарсы жаңа санкция үстинде ислемекте

166

Европа сыртқы ислер министрлери менен видеоконференциядан соң ЕА сыртқы ислер министри Кая Каллас Россияға қарсы жаңа санкция үстинде ислеп атырғанын айтты.

– Биз Россияға қарсы кейинги санкция, Киевке әскерий жәрдемди күшейтиў ҳәм Украинаның ЕА қурамына қосылыў процесин қоллап-қуўатлаў үстинде ислеп атырмыз, – деп жазған ол АҚШ ҳәм Россия жетекшилери Доналд Трамп ҳәм Владимир Путин арасындағы болажақ ушырасыўды додалаўдан соң. – ЕА мәмлекетлери АҚШтың әдалатлы тынышлыққа алып келетуғын қәдемлерин қоллап-қуўатлайды.

Еслетип өтемиз, Кремль ҳәм Ақ үй алдынырақ 15-август күни Аляскада Путин менен Трамп ушырасатуғынын мәлим еткен еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги