Тоқымашылықты  2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылады

184

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Жаңа агентликке кеңес пенен биргеликте исбилерменлер менен пикирлесип, өзине түсер баҳасы, өндирис ҳәм экспорт бойынша шешимлер ислеп шығыў, “бажыхана аймағында қайта ислеў” режими арқалы таяр өним экспортын 2 есеге арттырыў, кооперацияны күшейтип, төмен қуўатлылықта ислеп атырған кәрханаларды саламатландырыў илажларын көриў тапсырылды.

Халықаралық консультантлар менен биргеликте тоқымашылықты 2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм былғары, пилле ҳәм гилемшилик санаатын раўажландырыў бойынша да усыныслар киргизиў ўазыйпасы қойылды.

– Ҳәкимлер, кластерлер ҳәм тоқымашылық кәрханаларының басшылары бир нәрсени билиўи керек. Ҳәзирги шараятта бюджетке 1 сум қосымша түсим келтириў қаншелли қыйын болып атырғанын түсинген түсинеди. Бүгин айтылған қоллап-қуўатлаў илажларын пулға айландырса, 7 триллион сум болады. Енди соған жараса нәтийже де болыўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў тапсырылды.

Мәжилис даўамында тоқымашылық кәрханаларының үлгили тәжирийбелери көрип шығылды, тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабаты тыңланды.

 

ӨзА