Германия-Өзбекстан: Спорт медицинасы тараўында бирге ислесиў байланыслары беккемленбекте

134

Усы күнлерде мәмлекетимизде мийман болып турған спорт медицинасы тараўында үлкен тәжирийбеге ийе германиялы қәниге Симон Бросседер Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм оның жанындағы Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайының жумысы менен жақыннан таныспақта.

Өзбекстан Республикасы Спорт министри Адҳам Икрамов, Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайының директоры Камол Сирожиддинов ҳәм басқа да қәнигелер менен сөйлесиў даўамында германиялы қәниге Өзбекстан ҳәм Германия спорт медицинасындағы өзине тән өзгешеликлер ҳаққында айтып, пайтахтымызда қурылып атырған Олимпиада қалашасындағы шараятлар, Мәмлекетлик спорт медицинасы ҳәм илимий-әмелий орайының жумысы халықаралық талапларға жуўап беретуғынын атап өтти.

Елимизде спортшылардың денсаўлығын беккемлеў ҳәм медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, алдынғы тәжирийбелер, бар машқалалар ҳәм оларды сапластырыў жоллары ҳаққында өз усынысларын билдирип өтти.

Сондай-ақ, германиялы қәниге Өзбекстан футбол ассоциациясында өткерилген ушырасыўда футболшылардың тиклениўи, олардың саламатлығын қадағалаў бағдарында байланысларды жолға қойыў мәселесинде бирге ислесиў байланысларын беккемлеў бойынша усынысларды алға қойды.


Т.Рўзиев, ӨзА