Жуўапкерлерге Сент-Луис ҳәм Нью-Йорк қалаларында еки саўда үйин ашыў тапсырылды

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Европа ҳәм АҚШ базарына таяр кийим-кеншек экспортын кеңейтиў, тармақта стандартластырыў ҳәм санластырыў жумысларын күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Техникалық тәртипке салыў агентлигине халықаралық сертификатына ийе кәрханаларды 300 ге жеткериў тапсырылды.
Сыртқы ислер министрлигине айланысы 1 миллиард доллардан үлкен брендлер менен бирге ислесиў бойынша “жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм сентябрь айында Ташкентте болатуғын ири көргизбеге усы компанияларды мирәт етиў тапсырмасы берилди.
АҚШта жылына дерлик 100 миллиард долларлық текстиль базары бар, альтернатив қоллап-қуўатлаў илажлары арқалы бул мәмлекетке экспортты 5-6 есеге арттырыў мүмкин екени көрсетип өтилди.
Жуўапкерлерге Сент-Луис ҳәм Нью-Йорк қалаларында 2 саўда үйин ашыў тапсырылды.
Кәрханалардың өндирис процесслерине жасалма интеллектти енгизиў арқалы дәраматты 20-30 процентке арттырыў, жумысты ашық-айдын етиў ҳәм жасырын экономика факторын азайтыў мүмкин.
Бул бағдарда тоқымашылық кәрханаларына ERP системасын енгизиў бойынша бағдарлама ислеп шығылады. Кәрханаларды бул системаға үйретиў қәрежетлериниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.
ӨзА