15 кластерде талшықты қайта ислеў қуўатлылығы жоқлығы және 12 синиң қуўатлылығы жетерли емеслиги көрсетип өтилди

Өз хызметкерлериниң перзентлери ушын бақша шөлкемлестирген тоқымашылық тараўы кәрханаларына жеке меншик бақшалардағы сыяқлы ҳәр бир тәрбияланыўшы бойынша субсидия ажыратылады.
Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.
Барлық тоқымашылық кәрханаларын электр тәмийнаты ойландырып атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен кәрханаларға өз мүтәжлиги ушын орнатылған қуяш панельлерин тармаққа жалғаўға руқсат бериледи ҳәм бул мақсетлер ушын 200 миллион доллар кредит ресурслары қаратылады ҳәм ставканың 10 процентине шекемги бөлеги қаплап бериледи.
– Мине, тоқымашылық кәрханалары ушын бир қатар жеңилликлер берип атырмыз. Лекин, шаппат еки қолдан шығады, – деди Президентимиз.
Ҳәзир 15 кластерде талшықты қайта ислеў қуўатлылығы жоқ, және 12 синиң қуўатлылығы жетерли емес екенлиги көрсетип өтилди. Олар шийки заты жетерли болмаған ийириў кәрханалары менен нәтийжели кооперация системасын жолға қойыўы керек екенлиги атап өтилди.
Бундай кластерлерге қосымша инвестиция киргизип, талшықты қайта ислеў бойынша жаңа жойбар ислеў талабы қойылмайды ҳәм тартымлы финанслық механизмлер усынылады.
Бирақ кластер бул система тийкарында талшықты қайта ислеўди басламаса, келеси жылдан кластер статусы бийкар етиледи ҳәм пахта зүрәәти ушын жеңиллетилген кредит берилмейди.
ӨзА