Тоқымашылықта “әҳмийетли жүз күнлик” жәрияланды

313

Президент тапсырмасына тийкарланып тоқымашылықта жумыс алып барып атырған 200 ден аслам исбилерменниң пикирлери үйренилди.

– Оларды қыйнап атырған мәселелер менен толық таныстым. Ҳәзир шешимлерин айтаман. Бүгиннен тоқымашылықта “әҳмийетли жүз күнлик” жәриялаймыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Бәринен бурын, жағдайы төменлеген айырым кәрханаларды финанслық саламатландырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыў илажлары белгилеп алынды.

Усы жылы кластерлердиң кредиттен қарыздарлығын гиреў қойыў шәрти менен 5 жылға шекем созыўға руқсат берилди. Енди гиреў қойған кластерлер тек ғана тийкарғы қарызды төлейди.

Аўыл хожалығы қоры ҳәм банклерге есапланатуғын процентлер болса тийкарғы қарыз толық қапланғанынан кейин өндириледи. Бул арқалы кластерлерде жылына 800 миллиард сум айланыс қаржы қалады. Егер кластерлер ҳәм тийкарғы қарыз, ҳәм процентти өз ўақтында төлесе, проценттиң Қорға кететуғын бөлегиниң ярымы исбилерменге қайтарылады.

Кластерлерге 2022-2023-жыллар зүрәәти ушын берилген кредит бойынша 1-август жағдайына жүзеге келген 377 миллиард сумлық пенядан ўаз кешиледи.

ӨзА