Таяр өним ислеп шығарыўшылардың брендлер менен бирге ислесиўин жолға қойыў жумыслары ақсап атырғаны айтылды

290

Мәжилисте талшықты қайта ислеў қуўатлылығы жетерли болмаған айырым “исбилерменлер” мәмлекеттиң арзан ресурсы есабынан пахта “спекуляциясы” менен шуғылланып атырғаны сынға алынды.

Тоқымашылық кәрханаларының коммерциялық кредиттен 2,2 миллиард доллар қарыздарлығы бар. Кредитлердиң 90-95 проценти сырт ел валютасында, тек ғана 16 процент кәрхана халықаралық сертификатқа ийе.

– Бундай шараятта кәрханалар сыртқы базарда қалай бәсекилеседи, кредитин қалай қайтарады, – деп сораў қойды Президентимиз.

Ҳәр бир ўәлаятта 10-15 тен таяр өним ислеп шығарыўшының бар екенлиги менен олардың брендлер менен бирге ислесиўин жолға қойыў, заманагөй стандартларға өткериў жумыслары ақсап атырғаны көрсетип өтилди.

Әндижан, Наманган, Ферғана, Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятларында талшықты қайта ислеў қуўатлылықлары өзиндеги шийки затқа салыстырғанда 2-2,5 есеге көп. Соған қарамастан, ҳәкимлер аймақлық инвестициялық бағдарламаны ислеп шығыўда ийирилген жип жойбарларын усыныс етип киятырғанына наразылық билдирилди.

Сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларымыз тоқымашылық өнимлериниң экспортына және де белсене жәрдемлесиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА