Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды

Онда мәмлекетимиз экономикасының 3 процентин, санааттың 14 процентин жаратып атырған тоқымашылық тармағын буннан былай да қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылмақта.
Кейинги бес жылда тармақта 3,5 миллиард долларлық 396 ири кәрхана иске қосылды, өндирис 10 миллиард долларға жетти. Тараўда 500 мыңнан аслам адам бәнт. Бул санаатта бәнт жәми халықтың 20 процентине тең.
Соның менен бирге, тараўда өндирис ҳәм экспорт көрсеткишлериниң төменлеўи бақланбақта, бул болса халықаралық жағдайды есапқа алған ҳалда өндирис, жумыс орынлары ҳәм экспортты сақлап қалыў бойынша оператив илажлар көриўди талап етпекте.
Дүньяда пахта котировкалары 2022-жылдан баслап төменлеп баратырғаны кластерлер ушын машқала туўдырмақта. Соңғы үш жылда баҳа тоннасы ушын 3 мың доллардан 1,5 мың долларға түсти.
Исбилерменлер ески қарызын жаңа өним есабынан бир-бирине жалғап қапламақта. Бул жағдайдан шығып кетиў ушын 2022-2023-жыллар ушын пахта шийки затына берилген жеңиллетилген кредит 3 мәрте создырылды, өткен жылы пахта баҳасын түсириў ушын тоннасына 1 миллион сумнан субсидия берилди.
Дүнья базарында баҳаның кескин түсиўи бүгин басланбағаны, экономикалық комплекс илимий шөлкемлер менен бирге бул бағдарда ҳәр қыйлы сценарий ҳәм шешимлерди таярлап қойған болыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.
ӨзА