Кофе – экономикада жетекши өним

Ҳәр күни миллионлаған инсанлар таңды бир кесе ыссы кофе менен баслайды. Бул өним инсанды оятады, руўхландырады ҳәм көп жағдайларда социаллық сәўбетлердиң де ажыралмас бөлегине айланады. Бирақ бул әпиўайы ишимлик артында терең тарийх, химиялық қурам ҳәм ҳәр қыйлы мәдений қатламлар жасырынған.
Бүгинги күнде кофе нефтьтен кейинги ең көп сатылатуғын өнимлерден бири болып есапланады. Өзбекстанда да бул өнимге болған талап оғада жоқары. Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында Өзбекстан 36 мәмлекеттен баҳасы 3,9 миллион долларға тең болған 431 тонна кофе импорт еткен. 2025-жылы Өзбекстанға кофе жеткерип берген мәмлекетлерди аймақлар кесиминде есапласақ: Италия – 125 тонна, Бразилия – 81 тонна, Вьетнам – 39 тонна, Россия – 35 тонна, Германия – 31 тонна, Литвадан 28 тонна өним импорт етилген.
Көпшилик кофени тек “оятыўшы ишимлик” деп биледи. Бул болса тийкарынан “кофеин” деп аталыўшы зат себепли. Кофеин орайлық нерв системасын хошаметлеп, сергекликти арттырады, шаршаўды азайтады. Бирақ кофе қурамында басқа да затлар бар. Мысалы: тригонеллин, теофелин, хлороген кислоталар ҳәм ҳәр қыйлы углеводлар. Бул затлардың өз-ара тәсири тек ғана сергекликти емес, ал руўхый жағдай, метаболизм ҳәм жүрек жумысын да жақсылаўы мүмкин.
Кофе тек ғана ишимлик емес – мәденият. Стамбулдағы кафелерден баслап Париждеги кафе-галереяларына шекем социаллық қарым-қатнас, көркем өнер ҳәм сиясий пикир алысыў майданына айланған. Әсиресе, ХVIII-XIX әсирлерде “кофе үйлери” зиялылар, жазыўшылар жыйналатуғын орын сыпатында белгили болған.
Бүгинги заманагөй кафе мәденияты болса жаслар арасында “cо-working” мәканы, дөретиўшилик илҳам ямаса әпиўайы тыныш дем алыў ушын ең қолайлы орынлардан бири болып қалмақта. Ири кофе брендлери пүткил дүньяда кофени глобал мәдениятқа айландырды.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзА