Өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди

216

Усы жыл 12-августта “Жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын қолайлы шараят жаратыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

Оған бола, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахсларды ықтыярлы түрде рәсмий секторда ислеўин хошаметлеўши бәсекиге шыдамлы ҳәм ашық-айдын исбилерменлик орталығын қәлиплестириў, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың тәкирарланыўшы ҳәм артықша талапларын бийкар етиў белгиленеди.

Сондай-ақ, мәмлекетлик дизимнен өткериўден баслап есабатты тапсырыўға шекемги барлық тийкарғы хызметлерди бирлестиретуғын интеграцияласқан санлы платформалар жаратыў, нақ пулсыз төлемлерди қабыл етиў ушын қолайлы ҳәм нәтийжели механизмлерди енгизиў нәзерде тутылмақта.

Қарарға бола, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахсларға мәмлекетлик ҳәм финанслық хызметлерди онлайн тәризде көрсетиў бойынша арнаўлы ҳуқықый режим енгизиледи.

2026-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер, яғный жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген муғдарда физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын төлеў тәртиби, салық дәўиринде товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан дәраматы 100 миллион сумнан аспаған өзин-өзи бәнт еткен шахсларды айланыстан алынатуғын салық төлеўден азат етиў тәртиби бийкар етиледи.

Жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекем болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди.

Ш.Маматуропова,

ӨзА