Теңиз дәрўазасы ямаса темир жол, автомагистраль ҳәм ҳаўа транспорты менен байланысқан порт

145

Жол-жөнекей

Бурын көрмеген ҳәм билмеген нәрселеримизге дус келсек оның қасынан бийпәрўа өте алмаймыз. Бундай қызығыўшылық тәбиятымызға тән.

Арқа Қытай дәрўазасы – Тяньцзинь портында да әне, усыны сездик. Өзбекстан географиялық жақтан теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлерден бири. Бәлким, соның ушын да шексиз суўдың әсте шайқалыўы, жағадағы қуслардың қатты даўысы ҳәм корабльлердиң саўлаты бизлерди бийпәрўа қалдырмаған шығар.

“Жол-жөнекей” рубрикасының бул реткиси портлар ҳаққында. Бурын өзим жазбаған тема, дус келмеген пейзаж тәсирлери.

Порт – логистика. Өзбекстанда бул бағдар тийкарынан қурғақлық арқалы раўажланбақта. Атап айтқанда, кейинги жылларда заманагөй транспорт коридорлары ҳәм логистика шешимлерине итибар қаратылмақта. Онда халықаралық ҳәрекетлер ҳәм тәжирийбелерге сүйенип атырғаны итибарға ылайық.

Анық мысалларға тоқталамыз. Усы жылы “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолының қурылысы басланды. “Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Түркия” транспорт коридоры арқалы жүк тасыў көлеми сезилерли дәрежеде артты.

Және бир әҳмийетли тәрепи “Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан” темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў илажлары көрилмекте. Бул жөнелисти “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол магистралы менен тутастырыўдай перспективалы режелер бар.

Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимизде халықаралық транспорт коридорлары ҳәм инфраструктураны раўажландырыў ҳәрекетлери избе-из даўам етпекте.

Қытайға хызмет сапарымыз даўамында мине усы тема – портлар ҳаққында қысқаша материал таярладық.

Кейинги жылларда Қытай тек ғана өндирис емес, ал дүнья саўдасының логистика орайына да айланды. Бул процессте мәмлекеттеги портлар ҳәм транспорт инфраструктурасының үлкен әҳмийетке ийе болғаны тәжирийбе менен дәлилленбекте. Дүньядағы ең ири жүк айланысының үлкен бөлеги мине усы Қытай портлары арқалы әмелге асады.

Шанхай, Шэньчжэнь, Гуанчжоу, Нинбо сыяқлы портлар жүк тасыў көлеми бойынша дүньяда жетекшилер қатарына киреди. Олардың ҳәр бири белгили бир функцияларға қәнигелескен. Соның менен бир қатарда Тяньцзинь порты өзиниң өзгешеликлери ҳәм стратегиялық орны менен айрықша ажыралып турады.

Тяньцзинь қаласында жайласқан бул порт Қытайдың үшинши ири теңиз дәрўазасы болып есапланады. Ол Бухай қолтығының қубла жағасында жайласқан. Бул порт Арқа Қытай, атап айтқанда, Пекин ҳәм Хэбэй провинциясы ушын теңизге шығатуғын тийкарғы жөнелис болып есапланады.

Бухай экономикалық поясындағы барлық ири санаат аймақлары Тяньцзинь порты арқалы өнимлерин экспорт етеди.

Порт темир жол, автомагистраль ҳәм ҳаўа транспорты менен нәтийжели байланысқан. Бул жүклерди тез ҳәм аз қәрежет пенен ишки базарларға тарқатыў имканиятын береди.

– Бүгинги күнде бир жүз сексеннен аслам мәмлекет ҳәм регионлардағы бес жүзден аслам порт пенен тиккелей байланысқанбыз, – дейди Тяньцзинь портының терминал менеджери Тиан Йиланг. – Бул Қытайдағы “ақыллы технология” концепциясы тийкарында ислеп атырған дәслепки портлардан бири. Тасыў, контейнерлерди ҳәрекетлендириў, жүклеў ҳәм қадағалаў процесслери автоматластырылған. Бунда жасалма интеллект имканиятлары кеңнен қолланылады. Порт тек ғана жүк тасыў көлеми менен емес, ал ақыллы басқарыўға қәнигелескенлиги менен де ажыралып турады.

Атап өтилиўинше, бул жердеги автоматластырылған контейнер терминаллары жумысшыларсыз да жумыс ислеўи мүмкин. Қәнигелер бул “жасыл” ҳәм “ақыллы” тәжирийбе келешекте басқа Қытай портлары ушын үлги сыпатында хызмет ететуғынын айтпақта.

Тяньцзинь порты “Бир мәкан – бир жол” басламасының әҳмийетли логистикалық буўыны болып есапланады. Ол арқалы Азиядан Европа ҳәм Орайлық Азияға жүклер жибериледи. Қазақстан, Өзбекстан, Россия, Иран сыяқлы мәмлекетлерден келетуғын транзит жүклер де мине, усы жер арқалы дүнья базарларына шықпақта.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Ёғубжон МЕЛИБОЕВ, (видео),

ӨзАныӊ хабаршылары