Кепиллик бериўши шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў тәртиби белгиленди

138

Енди Өзбекстанда кепилликлер бериўши шөлкем финанслық қаржылар ҳәм кепилликлердиң өз ўақтында қайтарылыўын тәмийинлеў және машқалаларды дәслепки басқышта анықлаў мақсетинде кредит шөлкемлери ҳәм кепиллик портфели кесиминде кеминде ҳәр айда таллаў өткериўи керек. Бул 11-август күни Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилген “Кепилликлер бериўши шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм тәртипке салыў ҳаққында”ғы режеде белгиленген.

Режеге бола, шөлкемниң рисклерди басқарыў структурасы төмендегилерден ибарат болыўы керек:

  • бақлаў кеңеси;
  • атқарыўшы уйым;
  • рисклерди басқарыў бойынша тийисли структуралық бөлим;
  • рисклерди басқарыўға жуўапкер болған басқа бөлимлер.

Ҳүжжетте атап өтилиўинше, шөлкем активлерди сапа бойынша классификациялайды ҳәм олар бойынша итималлы шығынларды қаплаў ушын резервлер жаратады.

Шөлкем капиталының жетерлилик коэффициенти оның жәми өз капиталының жәми активлерине қатнасы арқалы есапланады ҳәм бул коэффициент 10 проценттен кем болмаўы керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги