Жүнди қайта ислеў кәрханасы иске түсти

142

Тахтакөпир районы «А.Адилов» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «KAUSAR TEGIRMON» ЖШЖ тәрепинен улыўма баҳасы 878,0 мың АҚШ долларына тең жойбар әмелге асырылып, «Жүнди қайта ислеў» кәрханасы өз жумысын баслады.

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкарланып, жойбар ушын жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылып, заманагөй технологиялар жәрдеминде жүн шийки затын жуўыў, сайлап алыў ҳәм пресслеў процесслери жолға қойылды. Таяр өнимлер ишки ҳәм сыртқы базарларға жеткерип бериледи.

Жойбар шеңберинде 15 жергиликли халық турақлы жумыс орны менен тәмийинленди. Кәрхананың иске қосылыўы нәтийжесинде районда қосымша санаат потенциалы жаратылып, аўыл хожалығы шийки затынан жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў имканияты пайда болды.

Бул жойбар аймақтың экономикасын раўажландырыўға, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўге ҳәм жергиликли шийки заттан нәтийжели пайдаланыўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги