Жаслар парламенти ҳәм БМШтың Халықтаныў қоры (UNFPA) менен биргеликте оқыў семинары өткерилди

12-август – Халықаралық жаслар күни мүнәсибети менен Олий Мажлис Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ушын БМШтың Халықтаныў қоры (UNFPA) тәрепинен “Жаслардың демографиялық процесслердеги роли ҳәм имканиятлары” атамасында оқыў семинары шөлкемлестирилди.
Оқыў семинарын Жаслар парламентиниң баслығы Лайло Аслонова кирис сөз бенен ашып, жаслардың демографиялық турақлылық процесинде белсене қатнасыўы бойынша өз пикирлерин билдирди.
Өз гезегинде, УНФПАның Өзбекстандағы ўәкилханасы басшысының орынбасары Матлуба Умурзакова жасларға байланыслы сиясат ҳәм демографиялық турақлылыққа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар және жасларды қоллап-қуўатлаўдың әҳмийетли бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берди.
Семинар шеңберинде демографиялық турақлылық, жаслардың социаллық-экономикалық раўажланыўдағы орны, сондай-ақ, жаслар сиясатының турақлы раўажланыўға тәсирине байланыслы тийкарғы мәселелер көрип шығылды.
Сондай-ақ, илажда демографиялық дивидендтен нәтийжели пайдаланыў ҳәм демографиялық турақлылық стратегиясы мәселелери додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги