«Қырантаў» турғынларының басламасы менен жол асфальтланбақта

231

Нөкис районы “Қырантаў” аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары тәрепинен 2025-жыл 1-мәўсими шеңберинде “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы усынылған жойбар – “Уллы елат” көшесине 1,3 километр аралыққа қара қапламалы (асфальт) жол төсеў жумысларын әмелге асырыў бойынша усыныс, даўыс бериў нәтийжелерине бола жеңимпаз деп табылған еди.

Бул баслама мәҳәлле халқының инфраструктураны жақсылаў ҳәм жасаў шараятларын жетилистириў бағдарындағы белсендилиги ҳәм жоқары пуқаралық жуўапкершилигин көрсетти. Ҳәзирги ўақытта, усы жойбар тийкарында көрсетилген бағдарда әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Атап айтқанда, “Уллы елат” көшесинде қара қапламалы (асфальт) жол төсеў жумыслары жедел пәтлерде алып барылмақта. Жумыс тез арада тамамланып, халқымыз ушын қолайлықлар жаратылған соң жолаўшыларды көп ўақыттан берли қыйнап киятырған машқала сапластырылыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги