Өзбекстан ТРМға ерисиўде ең үлгили 5 мәмлекеттиң бири сыпатында тән алынды

Мәмлекетлик бағдарламаның ярым жыллық орынланыўын додалаўларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде Өзбекстанның халықаралық рейтинглердеги орны артып атырғаны атап өтилди.
Турақлы раўажланыў мақсетлерине (ТРМ) ерисиў бағдарында ең үлгили нәтийжелерге ерискен 5 мәмлекеттиң бири сыпатында тән алынғаны мәлим етилди.
Мәмлекетлик бағдарламаның 6 айға мөлшерленген 227 бәнтинен 224 и орынланған. Соның ишинде, ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарында белгиленген тийкарғы бағдарлар шеңберинде белгили жумыслар әмелге асырылған. Атап айтқанда, республика бойынша 35 жаңа мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми шөлкемлестирилип, 4 мың 750 мың бала орны жаратылған. Мәмлекетлик емес секторға берилип атырған кең имканиятлар шеңберинде 72 жеке меншик мектеп шөлкемлестирилген. Балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 77 процентке, мектепке таярлаў системасында қамтып алыў 96 процентке жеткерилген.
Өзбек тили ҳәм әдебияты педагогларына ҳәр айда 50 процентлик үстеме төлениўи жолға қойылды.
Сондай-ақ, “Жаслар дәптери” арқалы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде дерлик 122 млрд. сум қаржы ажыратылған.
ӨзА