Қамсызландырыў хызметлери ҳәм электрон коммерция раўажландырылады

Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде қамсызландырыў хызметлери базарын және де раўажландырыўға қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда концептуаллық жақтан көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары қамсызландырыў хызметлери базарын буннан былай да раўажландырыў арқалы қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшыларына қолайлы шараятлар жаратыў және қамсызландырыў қатнасықларынан келип шығатуғын келиспеўшиликлерди шешиўге қаратылған.
Жойбар менен қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшылары жумысында хабардар етиў тәртип-қағыйдаларын қолланыў белгиленбекте. Сондай-ақ, қамсызландырыў агентлигиниң жумысын тәртипке салыўдың жаңа механизмин ислеп шығыў, қамсызландырыўшы лицензиясын ықтыярлы түрде бийкарлаў тәртибин ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгилеў, қамсызландырыўшылар ҳәм қамсызландырыў брокерлериниң лаўазымлы шахслары ушын белгиленген маманлық талаплары ҳәм оларды анықлаў тәртибин жетилистириў усыныс етилмекте.
Жойбарда мәжбүрий қамсызландырыўға байланыслы нызам ҳүжжетлеринде қамсызландырыў қатнасықларынан келип шығатуғын келиспеўшиликлерди шешиў ҳәм тараўды санластырыўға байланыслы нормалар да сәўлелендирилген.
Сондай-ақ, транспорт қуралынан пайдаланыўда мәжбүрий қамсызландырыў, жол транспорт ҳәдийсеси жүз бергенде, тәреплердиң келисимине бола қамсызландырыў төлемин айыпкер тәрептиң қамсызландырыўшысынан алыў мәселелери тәртипке салынбақта.
Соның менен бирге, қамсызландырыў хызметлери тутыныўшыларыныӊ ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў мақсетинде қамсызландырыўшы тәрепинен тутыныўшыға берилиўи шәрт болған мағлыўматлар дизими жойбарда сәўлелендирилмекте.
Нызам жойбары менен киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар қамсызландырыў хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўде ҳәм қамсызландырыў тараўының раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе. Қамсызландырыў базарында ашық-айдынлықты тәмийинлейди.
Сондай-ақ, мәжилисте электрон коммерция тараўын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары додаланды. Бул нызам жойбары менен “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы нызамда электрон коммерция тараўындағы электрон саўда платформасы операторы, буйыртпалар агрегаторы ҳәм санлы стриминг хызмети операторларының жумыс түрлери белгилеп қойылмақта.
Сондай-ақ, электрон коммерция операторлары жумысын баслағаны ямаса тамамлағаны ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етиў тәртибин енгизиў, бул жумыс түрлерин баслағаны ямаса тамамлағаны ҳаққында хабардар етпегени ушын жуўапкершиликти белгилеўши қосымшалар киргизилмекте.
Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде 80 нен аслам электрон коммерция операторлары жумыс алып бармақта. 15 мыңнан аслам исбилерменлер электрон саўда платформаларында товар, жумыс ҳәм хызметлерди реализацияламақта.
Бирақ олардың жумысы үстинен қадағалаў механизмлери орнатылмаған болып, бул олар реализациялайтуғын товар ҳәм хызметлер бойынша тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм салық салыў мақсетинде электрон коммерция субъектлериниң анық есабын жүргизиў имканиятын бермей атыр.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи электрон коммерция тараўында жумыс алып барып атырған электрон коммерция операторларының жумысында анықлық ҳәм ашық-айдынлықты және бәсеки орталығын тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўға хызмет етеди. Ўәкилликли уйым ҳәм электрон коммерция операторлары арасында оператив байланыс каналын жаратады, шағымларды көрип шығыў имканиятын береди.
Додалаўларда нызам жойбарының әҳмийетли екенлиги атап өтилип, екинши оқыўда да қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА