Өзбекстанда нызамсыз бәнтлик ушын жумыс бериўшилердиӊ жуўапкершилиги күшейтиледи

130

Өзбекстанда жумыс бериўшилердиң нызамсыз бәнтликке жол қойғаны ушын жуўапкершилиги күшейтиледи. Бул ҳаққында Президент пәрманында мәлим етилди.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасына тийисли нызам жойбарын август айына шекем Министрлер Кабинетине киргизиў тапсырылды.

Жойбарда биринши мәрте нызамсыз мийнетке тартыў жағдайы анықланса – 30 БЕМ (12,3 млн сум) муғдарында жәрийма, қайтадан исленгенде болса – 100 БЕМ (41,2 млн сум) муғдарында жәрийма салыў усыныс етилген.

2026-жылдан болса қурылыс шөлкемлерине “Ашық-айдын қурылыс” онлайн-платформасындағы рейтинг баллары нызамсыз бәнтликке байланыслы нызамбузыўшылықлар ушын төменлетиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги