Жасларға ажыратылып атырған жерлер өнимдарлы ма?

126

Парламенттиң төменги палатасы мәжилисинде Мәмлекетлик бағдарламаның усы алты айдағы орынланыўын додалаўларда депутат Дилбар Мамажанова жаслар мәселесинде бир қатар сораўларды көтерди:

– Бүгинги күнде рәсмий түрде 1 миллионнан аслам жаслар жумыссыз деп тән алынған. Бул болса жаслардың 16 процентин қурайды. Қалған 84 процент жаслардың тәғдири қандай? Талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў бойынша қандай илажлар көрилмекте?

Сондай-ақ, жасларға 2,5 мың гектар жер майданы дийқаншылық етиў ушын ажыратылған. Бирақ жаслар бул жерлерден нәтийжели пайдалана ала ма, берилип атырған жерлердиң өнимдарлығы қай дәрежеде?

Депутаттың бул сораўларына жуўап берип, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң орынбасары төмендегилерди мәлим етти:

– Жылдың басында мәҳәллелерде хатлаў өткерилип, 9 миллионнан аслам жаслардың “Жаслар балансы” қәлиплестирилди, соннан келип шығып, индивидуал бағдарлама ислеп шығылды. Хатлаў нәтийжесинде 384 мың жаслар жумыссыз деп дизимге алынды. Усы жылдың 1-июль жағдайына 161 мың жастың бәнтлиги тәмийинленди.

5000 жасқа 2,5 мың гектар жер майданлары ажыратып берилди. 1-август жағдайына 208 мың жаслар (54 процент) жумыс пенен тәмийинленген. Қалған бөлегин де кәсипке оқытыў, таярлаў курсларында, шет тиллерине оқытыў, исбилерменлигин жолға қойыў илажларын көремиз.

Ҳәзирги ўақытта 1 миллион емес, 782 мың жумыссыз жасларымыз бар. Дурыс, және 821 мың жаслар мийнет базарына кирип келмекте. Соның есабынан 1 миллионға шамаласады.

Жасларға ажыратылған жерлерден 7 мың тоннадан аслам өнимлер алынған. 35 млрд.ға жақын дәрамат алынған. Министрликте “Онлайн мәҳәлле” платформасында бул бойынша есабатлар жүргизиледи, – деди министрдиӊ орынбасары.

Жаслар ислери агентлиги директоры А.Садуллаев болса өткен 2024-жылы 152 мың жасқа 56 мың гектар жер берилгенин, 156 мың тонна өним жетистирилип, 500 млрд.тан артық дәрамат алынғанын мәлим етти. Олардың жумысы үйренилгенин, машқалаларын шешиў илажлары көрилгенин айтып өтти. Сондай-ақ, Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте заманагөй кәсиплерге оқытыў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Аўыл хожалығы министрлигиниң ўәкили болса район ҳәкимлери менен биргеликте жасларға жер бериў жумыслары алып барылғанын, оларға жақын аймақтағы, суў жетерли, өнимдарлы жер майданларын бериўге итибар қаратылғанын айтып өтти. Жаслардың өнимлерин сырт ел базарына шығарыў илажлары көрилип атырғанын атап өтти.

Муҳтарама Комилова, Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА