Жасалма интеллект: инсан қәдирине зыян келтирмеў талаплары белгиленбекте

Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған – жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, нызам жойбарында “жасалма интеллект” түсиниги, жасалма интеллектти енгизиў ҳәм раўажландырыўға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарлары, арнаўлы ўәкилликли уйымның ўазыйпалары, мәлимлеме ресурсларын жаратыўда ҳәм мәлимлеме системаларының жумысында жасалма интеллекттен пайдаланыўдың улыўма ҳуқықый тийкарлары белгиленбекте.
Жасалма интеллекттен пайдаланып жаратылған мәлимлеме ресурслары ҳәм жасалма интеллект технологиялары тийкарында ислейтуғын мәлимлеме системалары инсанға, оның өмири, денсаўлығы, еркинлиги, абырайы ҳәм қәдирине зыян жеткермеўи ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықларын бузбаўы бойынша талап белгиленбекте.
Сондай-ақ, инсанның ҳуқық ҳәм еркинлигине байланыслы юридикалық әҳмийетке ийе қарарларды қабыл етиўде тек ғана жасалма интеллекттен пайдаланып жаратылған мәлимлеме ресурслары ҳәм жасалма интеллект технологиялары тийкарында ислейтуғын мәлимлеме системаларының жуўмағына сүйенип қалыў мүмкин емес екенлиги өз көринисин таппақта.
Жойбарда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда жеке мағлыўматларды нызамға қайшы түрде қайта ислеў ҳәм оны ҒХҚ және Интернетте тарқатқаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде депутатлар, экспертлер ҳәм илимпазлардың пикири инабатқа алынып, жойбар және де жетилистирилгени айтып өтилди.
Додалаўлардан соң нызам жойбары үшинши оқыўда қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА