Төрешилик суды судьяларының саны 3 еў етип белгиленеди

132

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде төрешилик судларының жумысын буннан былай да жетилистириўге қаратылған нызам жойбары додаланды.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шығыў процесинде ондағы айырым нормалар бойынша депутатлар тәрепинен бир қатар усыныслар берилген еди. Бул усыныслар жуўапкер комитет ҳәм жумысшы топар ағзалары тәрепинен терең талланып, солар тийкарында жойбар тексти жетилистирилди. Атап айтқанда, турақлы жумыс алып баратуғын төрешилик судының қурамында 5 төрешилик суды болыўы керек екенлиги ҳаққындағы талап келешекте төрешилик судын шөлкемлестириўде машқалалар келтирип шығарыўы, әсиресе, алыс аймақлардағы төрешилик судларына 5 төреши жыйнаўда қыйыншылық туўылыўы мүмкин екенлиги есапқа алынып, комитет тәрепинен судьялардың саны 5 еўден 3 еўге қысқартылды. Олар ҳәр үш жылда тәжирийбе арттырыўы зәрүр екенлиги белгиленбекте.

Нызам жойбарында мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер және мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары төрешилик келисиминиң тәреплери болыўы мүмкин емес екенлиги белгиленбекте.

Төрешилик судлары тәрепинен жерге байланыслы, имарат ҳәм объектлерге ийелик ҳуқықын белгилеў және бюджеттен пул өндириўге байланыслы келиспеўшиликлер шешилмеўи нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, буннан былай турақлы жумыс алып баратуғын төрешилик суды мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем тәрепинен шөлкемлестирилетуғыны ҳәм оның жанында жумыс алып баратуғыны белгилеп қойылмақта.

Додалаўларда нызам жойбарындағы нормалар төрешилик судлары жумысын шөлкемлестириўдиң нызамлы тийкарларын беккемлеў, маман төрешилик судьялары корпусын қәлиплестириўге хызмет ететуғыны атап өтилип, жойбар үшинши оқыўда қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА