Коррупцияға қарсы ишки қадағалаўға байланыслы ҳуқықый эксперимент қандай нәтийже көрсетпекте?

Қарар ҳәм оның орынланыўы
Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 21-апрельдеги «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң еркинлигин тәмийинлеў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша ҳуқықый эксперимент өткерилмекте.
Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери коррупция жағдайларын ўақтында анықлап, оның алдын алыў, оларға имканият беретуғын себеп ҳәм шараятларды сапластырыў, турмыслық коррупцияның алдын алыў бойынша жумыс алып барады.
Соның менен бирге, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда мәплер соқлығысыўына жол қоймаў илажларын көреди. Мийнет жәмәәтинде коррупцияға маўасасыз қатнасықты қәлиплестириў, мәплер соқлығысыўына жол қоймаў ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барады.
Қарарда 2027-жыл 1-январьға шекем ҳуқықый эксперимент түринде Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы, суў хожалығы министрликлеринде, «Өзбекнефтьгаз», «Өзбексуўтәмийнат» акционерлик жәмийетлери эксперимент өткерилетуғын шөлкемлер етип белгиленди.

Усы шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлим баслығы лаўазымына Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги хызметкерлери тайынланды.
Арадан бир айдан көбирек ўақыт өтти. Ҳуқықый эксперимент қандай нәтийже бермекте?
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен ҳуқықый эксперименттиң дәслепки нәтийжелери көрип шығылды.
Денсаўлықты сақлаў министрлигинде енгизилген жаңа «Ситуациялық орай» системасы арқалы июль айы жағдайына бола, 1 мың 280 басшы ҳәм хызметкерде мәплер соқлығысыўы ҳәм непотизм жағдайлары анықланған. Ҳәзирде министрлик коррупцияға қарсы халықаралық стандартларды енгизиў үстинде жумыс алып бармақта.
Суў хожалығы министрлиги коррупция менен байланыслы жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар көрсеткиши жоқары болған аймақты «Коррупциядан жырақ суў хожалығы системасы»на айландырыў жойбары үстинде жумыс алып бармақта. Онда тийкарғы итибар системада санластырыў арқалы инсан факторын қысқартыў, ең әҳмийетлиси, ҳәзирги процесслерде кең жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылмақта.
Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги тәрепинен қурылыс процесслерин реал ўақытта қадағалаў имканиятын беретуғын система жолға қойылды. Қурылыста ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде «Ашық-айдын» мәлимлеме системасы жетилистирилмекте.
«Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетинде 745,0 миллион сумлық нызамсыз мәмлекетлик сатып алыўлар әмелге асырылыўының алды алынды. Арнаўлы платформада тиккелей шәртнамалар бойынша контрагентлерди тексериў модулин жетилистириў ҳәм мәплердиң соқлығысыўына жол қоймаў илажлары көрилмекте.
«Өзсуўтәмийнат» акционерлик жәмийетинде коррупцияның алдын алыў мақсетинде бирден-бир “Suv dispetcher” диспетчерлик системасы енгизилди. Сондай-ақ, ишимлик суўдан пайдаланыўды анық есапқа алыў ушын смарт-есаплағышлар орнатыў жумыслары алып барылмақта.
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры Акмал Бурҳонов усы структураларда жумыс ислеп атырған хызметкерлер менен сөйлесип, ҳуқықый эксперимент шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў, ишки қадағалаў системаларын және де жетилистириў, коррупциялық қәўиплерди алдыннан анықлаў ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында ислеў бойынша келешектеги ўазыйпаларды белгилеп берди.
Норгул Абдураимова, ӨзА