Өзбекстанның биринши елшиси Фижи Президентине исеним жарлықларын тапсырды

Өзбекстанның Фижидағы елшиси (резиденциясы Токио қаласында жайласқан) етип тайынланған Муҳсинхожа Абдураҳмонов усы мәмлекет Президенти Рату Найкама Тавакеколати Лалабалавуға исеним жарлықларын тапсырды, деп хабар бермекте “Дунё” МА.
«Салтанатлы мәресим алдында ҳүрметли қараўыл сап тартып, Өзбекстанның мәмлекетлик гимни жаңлады ҳәм мәмлекетимиздиң байрағы көтерилди.
Рәсмий илажлардан соң болып өткен сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Фижи арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм сыяқлы бағдарлардағы байланыслардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды.
Президент Найкама Лалабалаву еки мәмлекет географиялық жақтан узақ жайласқан болса да, оларды өз-ара ҳүрмет, конструктивлик сөйлесиў ҳәм улыўма қәдириятларға тийкарланған дослық байланыслары байланыстырып туратуғынын атап өтти.
Фижи жетекшиси, сондай-ақ, Өзбекстан әҳмийетли стратегиялық регионда жайласқаны, бай тәбийғый ресурслары ҳәм жоқары потенциалға ийе инсан капиталының бар екенлигин тән алып, соңғы жылларда Өзбекстан Президенти тәрепинен регионда тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған конструктивлик ҳәм проактив сыртқы сиясатты жоқары баҳалады.
Сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық байланыслар тарийхында биринши мәрте Өзбекстанның Фижиге елшисиниң тайынланыўы Фижи тәрепи ушын да әҳмийетли тарийхый ўақыяға айланғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Фижи менен еки ҳәм көп тәреплеме байланысларды раўажландырыўға итибар қаратқаны ушын Өзбекстан Президентине айрықша миннетдаршылық билдирилди.
Ушырасыў жуўмағында Фижи Президенти Өзбекстан Президентине терең ҳүрмет ҳәм қызғын сәлемлерин жоллады және өзбек халқына тынышлық ҳәм абаданлық тиледи», делинеди хабарда
Соны да атап өтиў керек, Өзбекстан ҳәм Фижи арасында дипломатиялық қатнасықлар 2010-жыл 16-июнь күни орнатылған.
Еслетип өтемиз, Мухсинхожа Абдураҳмонов 2021-жыл 27-сентябрь күни Япония Императоры Нарухитоға Өзбекстан елшиси сыпатында исеним жарлықларын тапсырған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги