Өзбекстан сыртқы ислер министри Тәжикстан елшисин қабыллады

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов бүгин Тәжикстан елшиси Абдужаббор Раҳмонзоданы қабыл етти.
“Бүгин Сыртқы ислер министрлигинде Тәжикстанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Абдужаббор Раҳмонзода мырзаны қабылладық, – деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң телеграм-каналында. – Мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, аўқамласлық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў мәселелери дыққатымыз орайында болды.
Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, турақлы алмасыўларға жәрдемлесиў, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириўге айрықша итибар қараттық”.
Еслетип өтемиз, Тәжикстанның мәмлекетимиздеги елшиси сыпатында Абдужаббор Раҳмонзода 2021-жыл 25-август күни Өзбекстан Президентине исеним жарлықларын тапсырған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги