Өзбекстан Польша менен туризм ҳәм спорт тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестиреди

131

Өзбекстан елшиси Амирсаид Агзамходжаев Польша спорт ҳәм туризм министрлигиниң мәмлекетлик хаткери Пётр Борис пенен ушырасты, деп хабар бермекте “Дунё” МА.

«Сөйлесиў ўақтында туризм ҳәм спорт тараўындағы Өзбекстан-Польша бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарлары бойынша пикир алысылды. Сәўбетлесиўши туризм Польша экономикасының тийкарғы тармақларынан бири екенин атап өтти. Ҳәзирги ўақытта оның жалпы ишки өнимдеги үлеси дерлик 5 процентти қураса, Польша тәрепи 2030-жылға барып бул көрсеткишти 10 процентке жеткериўди мақсет еткен.

Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Польша волейбол федерациялары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, футбол бойынша Өзбекстан ҳәм Польша миллий сайланды командалары арасында дослық ушырасыўларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Самарқанд-Краков жөнелисинде авиақатнаўларды ашыў сыяқлы усыныслар сөйлесиўлердиң тийкарғы темалары болды.

Тәреплер еки мәмлекетте туристлик көргизбелер, реклама ҳәм мәдений илажларды өткериў арқалы өз-ара туризмди үгит-нәсиятлаў, туризм ҳәм спорт тараўларында уйымлараралық мәсләҳәтлесиўлерди жолға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Буннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Польша волейбол федерациялары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў, футбол бойынша Өзбекстан ҳәм Польша миллий сайланды командалары арасында дослық ушырасыўларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Самарқанд-Краков жөнелисинде авиақатнаўларды ашыў сыяқлы усыныслар сөйлесиўлердиң тийкарғы темалары болды», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентилиги