Жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын арнаўлы ҳуқықый режим енгизиледи

143

Президент Шавкат Мирзиёев жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт  еткен шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы презентация менен танысты.

Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимизле стратегиялық ўазыйпаға айланған. Экономиканың раўажланыўы, халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс абаданлығында бул тараўдың орны жүдә үлкен. Сол себепли бизнес жүргизиў қағыйдаларын әпиўайыластырылып, қолайлықлар арттырып барылмақта. Санлы технологиялар ғалаба ен жайып атырғаны бунда қолайлы болмақта.

Буны даўам еттирген ҳалда, ашық-айдын исбилерменлик орталығын  қәлиплестириў, нақ пулсыз төлемлер ушын қолайлықларды кеңейтиў нәзерде тутылмақта.

Оған бола, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын 2030-жыл 31-декабрьке шекем арнаўлы ҳуқықый режим енгизиледи. Оларды мәмлекетлик дизимнен өткериўден баслап есабатты тапсырғанға шекемги барлық тийкарғы хызметлерди бирлестириўши интеграцияласқан санлы платформалар жаратылады. Соның ишинде, жумысын рәсмийлестириў, банк есап бетлерин ашыў ҳәм басқарыў, салықларды есаплаў ҳәм төлем, есап-санақлар етиў ҳәм фискал чеклерди қәлиплестириў усы санлы платформалар арқалы жүргизиледи.

Бул системада электрон ҳәмиян қалта ашылыўы исбилерменлерге дәраматларын қабыллаў, хызметкерлер, контрагентлер ҳәм шөлкемлер менен есап-санақларды әмелге асырыў, салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди төлеў имканиятын береди. Электрон ҳәмиян қалтаға ийе болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын банк есапбетлерин  ашыў ықтыярлы болады.

2025-жыл 1-ноябрьден баслап, бул процесслерде QR-код ҳәм “tap to pay” технологиясынан пайдаланылады. Ҳүжжетлерди аралық биометрия ҳәм “SMS хабарнама” арқалы электрон гилтсиз қол қойыў мүмкин болады. Бул мағлыўматлар қағаз нусқадағы ҳүжжетлер менен теңлестириледи. «Күнлик төлем» тәртиби тәжирийбе түринде енгизилип, хызметкерлерге төлемлерди электрон ҳәмиян қалта арқалы төлеў имканияты жаратылады.

2026-жыл 1-январьдан баслап жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекемги жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди.

Жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахсларда электрон төлемлерди қабыллайтуғын арнаўлы QR -кодтың болыўы усақлап сатыў қағыйдаларының мәжбүрий талабы етип белгиленеди. Санлы платформадағы ақша айланыслары ҳаққындағы мағлыўмат кредит ажыратыўда инабатқа алынады.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққындағы қарарға қол қойды.

 

 

 ӨзА