«Басқарма баслығы кубоги» жеңимпазлары анықланды

110

Усы жылдың 26-июль күни дәстүрий тәризде өткерилип киятырған мини-футбол бойынша «Басқарма баслығы кубоги» спорт жарысына старт берилген еди. Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде жарыстың шешиўши беллесиўлери болып өтти.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен шөлкемлестирилген бул жарыста жәми 26 команда қатнасты. Финал ушырасыўында Шымбай ерлер «Мүриўбет» интернат үйи командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, «Кубок» ийеси болды.

Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресиминде Басқарма баслығы С.Данияров қатнасып, барлық командаларды қутлықлады ҳәм алдағы жарысларда табыслар тиледи.

Шөлкемлестириўшилер тәрепинен жеңимпаз командалар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Жарыс нәтийжелери:

1-орын – Шымбай ерлер «Мүриўбет» интернат үйи

2-орын – Нөкис районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы

3-орын – Қанлыкөл районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы