Хийўада «Қаўын сейили-2025» фестивалы болып өтти

97

Хорезм ўәлаятында дәстүрий тәризде өткерилетуғын «Қаўын сейили» фестивалы быйыл да кең түрде белгиленди. 15 жылдан берли турақлы өткерилип киятырған бул мәдений ҳәм аграр илаж бул рет «Арда Хива» туристлик комплексинде болып өтти.

Фестивальда Қарақалпақстан делегациясы ағзалары да қатнасты. Қаўынның 150 түри болып, соннан 50 ден аслам сортлары Хорезм ўәлаятында жетистириледи. Илаж шеңберинде ўәлаяттың 12 районының дийқанлары тәрепинен жетистирилген қаўынлардың көргизбеси шөлкемлестирилди. Мийманлар ҳәм қатнасыўшылар өзине тән дәм ҳәм формаға ийе қаўын сортлары менен жақыннан танысты.

Быйылғы фестиваль өзгеше рәңбәреңликке ийе болып, онда театрластырылған сахналар, мәдений шығыўлар ҳәм түрли көргизбелер көрсетилди. Сырт елли туристлер де фестивальда белсене қатнасып, өз тәсирлерин билдирди.

Үш күн даўам еткен «Қаўын сейили-2025» фестивалы жабылыў мәресими менен жуўмақланды. «Арда Хива» халықаралық туризм орайында өткерилген мәресимде Хорезм ўәлаятының ҳәкими Жўрабек Раҳимов жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин қутлықлап, барлық қатнасыўшылар менен сырт елли мийманларға миннетдаршылық билдирди.

Төрешилер қурамының қарарына бола, Үргенш қаласы «Ең жақсы презентация» номинациясы бойынша жоқары орынды ийелеп, «Tracker» автомобили менен сыйлықланды. Сондай-ақ, 1-, 2- ҳәм 3-орынларды ийелеген қала ҳәм районлар ҳәм түрли номинация жеңимпазларына жеңил автомобильлер ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Жуўмақлаў мәресими белгили эстрада жулдызлары ҳәм ел сүйген көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы гала-концерт пенен даўам етти. Бағдарламаның жуўмағындағы байрам салюти болса ҳәммеге көтериңки кейпият бағышлады.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы