Мәмлекетлик бағдарлама: экология тараўында қандай жумыслар орынланды? (+видео)

Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының мәжилисинде “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның биринши ярым жыллықта орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабаты тыңланды.
Фракция ағзалары тийкарғы итибарды партияның программалық ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда экология тараўындағы ўазыйпалардың орынланыў жағдайына қаратты.
Атап өтилгениндей, 2025-жылдың биринши ярым жыллығында суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўдың тийкарғы бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылған. Соның ишинде, ирригация системасын ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды раўажландырыў, тараўды басқарыўға жеке-меншик сектор ҳәм мәмлекетлик жеке-меншик шериклик механизмлерин кеңнен енгизиў бағдарында белгиленген реже көрсеткишлерине тийкарланып жәми 6 объект автоматластырылған басқарыў системасына өткерилди.
Суў тәмийнатын жақсылаў жойбары шеңберинде 864 мәҳәлледе 937 қудық, 443 насос, 11 мелиоративлик тик қудық, 15 суў объекти, 438 км басымлы қубыр, 2 мың 59 км каналда бетонлаў ҳәм 199,6 км лоток тармақларында қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Мәжилисте жасыл аймақларды кеңейтиў бағдарындағы жумысларға да айрықша тоқтап өтилди. Соның ишинде, Аралбойы регионында экологиялық жағдайды турақластырыў, Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде жүзеге келген экологиялық машқалалардың унамсыз тәсирин жумсартыў бағдарындағы ҳәрекетлерге итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, “Жасылжойбар” жойбарлаў институты тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында 115 мың гектар, Хорезм ўәлаяты Топыраққала районында 15 мың гектар, Наўайы ўәлаятының Тамды, Учқудуқ, Кенимех районларында 60 мың гектар, Бухара ўәлаятының Алат, Қаракөл, Жандар, Ромитан, Пешку, Шофиркон, Ғиждуўан, Қараўылбазар районларында 58 мың гектар “жасыл қапламалар”ды қурыў ушын жер майданлары таңлап алынып, “жасыл қапламалар”ды қурыў бойынша жол карталары ислеп шығылғаны айтып өтилди.
Фракция ағзалары мәмлекетлик бағдарламада экология бағдарында нәзерде тутылған айырым ўазыйпалардың кешигип атырғаны, айырымларының басқа мүддетке көширилгени сыяқлы мәселелерди қызғын додалады.
ӨзА