Салықшылар “Басқарма баслығы кубоги” ушын жарысқа түсти

Салық хызмети уйымлары хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша “Басқарма баслығы кубоги” ушын спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте.
Мақсет – халқымыз арасында спорт түрлерин, соның ишинде, киши футболды раўажландырыў, ғалабалығын арттырыў, қәбилетли жасларды таңлап алыў болып есапланады.
Жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышында аймақлық салық инспекцияларының салықшы споршыларынан ибарат 10 команда қатнасты.
Қызғын беллесиўлерге бай өткен ойын жуўмағында жеңимпаз командалар анықланып, Төрткүл районы салық инспекциясы командасы биринши, Нөкис районы салық инспекциясы командасы екинши, Қанлыкөл районы салық инспекциясының командасы үшинши орынды ийеледи.

Әлбетте, усындай жарыслар хызметкерлер арасында дослық байланысларын беккемлейди ҳәм физикалық шынығыўларында үлкен әҳмийетке ийе.
Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги