Инновациялық медициналық платформа: “Онлайн мийирбийке”

“Онлайн Мийирбийке” – бул медициналық хызметлерди тез, қолайлы ҳәм исенимли түрде усынатуғын санлы платформа болып есапланады. Жойбар Startup Garage акселерация бағдарламасынан табыслы өткен болып, AloqaVentures тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.
Платформа арқалы пайдаланыўшы қәлеген ўақытта ҳәм орында – үйде, жумыста ямаса басқа мәнзилде мийирбийке ямаса шыпакер шақырыўы мүмкин. Хызметлердиң қурамында улыўма ҳәм жоқары категориялы мийирбийкелер, балалар мийирбийкелери ҳәм онлайн медициналық мәсләҳәтлер бар.
Стартаптың тийкарын салыўшысы Орипов Исламжанның атап өтиўинше, жойбар жәмийеттиң талаплары ҳәм жеке тәжирийбелерден келип шыққан ҳалда жаратылған.
Ҳәзирше тек ғана айырым аймақларда жумыс алып барып атырған платформа жақын келешекте басқа қалалар ҳәм телемедицина бағдарында кеңейтилиўи нәзерде тутылған.
Толық мағлыўмат алыў ушын усы видеоны тамаша етиң.
Қарақалпақстан хабар агентлиги