Өзбекстан ҳәм Швейцария былғары санааты шығындыларынан жоқары сапалы минерал төгинлер ислеп шығарады

119

Өзбекстанда экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм “жасыл” экономиканы раўажландырыў жолында әмелий қәдемлер барған сайын күшеймекте. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектордың бирге ислесиўинде әмелге асырылып атырған жойбарлар тек ғана қоршаған орталықты қорғаўға емес, ал жергиликли экономиканың жаңа технологиялар тийкарында раўажланыўына да хызмет етпекте.

Әне усы бағдарда “Ўзчармсаноат” ассоциациясы Швейцарияның экологиялық инновациялар тараўындағы жетекши компаниясы болған “SWISS GROW” менен биргеликте ири жойбарға қол урмақта.

Быйылғы жылдың “Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” деп жәрияланыўы мәмлекетте экологиялық реформалар ҳәм инновациялық технологияларды енгизиўге кеңнен жол ашқанын атап өтиў орынлы. Соған бола, “Ўзчармсаноат” ассоциациясы ҳәм “SWISS GROW” компаниясы арасында бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер өткерилди.

Тәреплер бул жойбарды әмелге асырыў ҳәм бул бағдардағы дәслепки ҳәрекетлер бойынша пикир алысты. Олардың атап өтиўинше, жойбар шеңберинде былғары өнимлерин қайта ислеў процесинде пайда болатуғын шығындылардан аўыл хожалығы ушын жоқары сапалы минерал төгинлер ислеп шығарыў нәзерде тутылған. Бурын бундай шығындылар көбинесе жоқ етилип, экономикалық пайда келтирместен жоқ етип келинген.

Бирлеспе мәлимлеме хызметиниң басшысы Азиз Каттаевтың мәлим етиўинше, “SWISS GROW” тәрепинен усыныс етилип атырған технологиялар болса оларды баҳалы ресурсқа айландырып, бир ўақыттың өзинде қоршаған орталықты қорғаў ҳәм аграр тараўды жергиликли, экологиялық таза төгин менен тәмийинлеў имканиятын береди.

– Дүнья тәжирийбесинде бундай еки тәрепке пайда беретуғын усыллар Европа ҳәм Қубла Корея сыяқлы раўажланған мәмлекетлерде әмелде қолланылып, өз нәтийжесин көрсеткен. Өзбекстан болса бул технологияны тек импорт етиў менен шекленип қалмастан, жергиликли өндирис шынжырына интеграциялаў нийетинде. Сөйлесиўлерде жойбарды әмелге асырыў шәртлери, ҳуқықый тийкарлар ҳәм зәрүр инфраструктуралар додаланды. Биринши басқышта былғары санааты шығындыларының кеминде 60 проценти қайта ислениўи режелестирилген. Дәслепки есап-санақларға бола, инвестиция көлеми 2 миллион долларды қурайды, – деди ол.

Жуўапкерлерге бола, бул баслама тек ғана экономикалық пайда келтирип қоймастан, ал Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын да арттырады. Былғары санааты шығындысын баҳалы төгинине айландырыў – ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм келешек ушын турақлы шешим жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдем.

Насиба Зиёдуллаева,

ӨзА