Музқаймақ – жаздың арнаўлы десерти

130

Жаз мәўсиминде ең көп пайдаланылатуғын өнимлерден бири бул – музқаймақ. Қаймақ, сүт, мийўелер, шоколад ҳәм арнаўлы дәм бериўши қосымшалардан таярланатуғын бул мазалы зат әсирлер даўамында адамлар арасында әҳмийетин жоғалтпаған. Бирақ музқаймақ тек ғана жағымлы дәм емес, ал оның артында ҳәр қыйлы социаллық, экономикалық ҳәм денсаўлық пенен байланыслы тәреплери де жасырынған.

Музқаймақтың негизи әййемги Қытайға барып тақалады, ол жерде қар ҳәм мийўели шербетлерден пайдаланылған. Европаға бул өним Марко Поло саяхатлары арқалы кирип келген деп болжанады. ХVII-XVIII әсирлерде болса музқаймақ ақсүйеклер дастурханына тән нәзик десерт болған. Кейин ала, суўытыў технологиясы раўажланғаннан соң, бул өним массалық ислеп шығарыла баслады.

Әпиўайы музқаймақ сүт, қумшекер, қаймақ, дәмге қарай мийўелерден қуралған. Сүт ҳәм қаймақ калцийге бай өним есапланады. Қумшекер энергия дереги, бирақ артықша пайдаланыў қантлы диабет ҳәм артықша салмаққа алып келиўи мүмкин. Мийўелер, ғозалар, шоколад ҳәм басқа дәм бериўшилер өнимге ҳәр қыйлы дәм ҳәм эстетикалық көринис бағышлайды. Бирақ айырым жасалма элементлердиң бар екенлиги денсаўлыққа унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Бүгинги күнде музқаймақ базары глобал көлемде миллиардлап доллар қунға ийе. Жергиликли ислеп шығарыўшылардан баслап, халықаралық ири компанияларға шекем бул тараўда жумыс алып барады. Өзбекстанда да жаз айларында музқаймаққа талап жүдә жоқары болып, ҳәр қыйлы тәбийғый ҳәм санаат тийкарындағы өнимлер ислеп шығарылады. Миллий статистика комитетиниң мағлыўматына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында Өзбекстан 13 сырт елден баҳасы 9,4 миллион АҚШ долларына тең болған музқаймақ ҳәм музқаймақ өнимлерин импорт еткен.

2025-жылдың 6 айында мәмлекетимизге ең көп музқаймақ ҳәм музқаймақ өнимлерин жеткерип берген мәмлекетлер төмендегилер: Россия – 828 тонна, Қазақстан – 648 тонна, Қытай – 187 тонна, Беларусь Р. – 73 тонна, Франция – 33 тонна ҳәм басқа мәмлекетлер 55 тонна.

Соңғы жыллары адамлар саламат турмыс тәризине көбирек итибар қаратып атырғаны себепли қант муғдары азайтылған, органикалық ҳәм тәбийғый қурамлы музқаймақларға талап артпақта. Тутыныўшылар дизайн, дәм ҳәм жаңалыққа умтылып атырғаны себепли маркетингте инновациялық қатнас үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳәзирги ўақытта жергиликли ислеп шығарыўшыларымыз арзан ҳәм ғалабалық музқаймақ түрлерин усыныс етпекте. Сырт ел брендлеринде болса жоқары сапа, дизайн ҳәм маркетингке итибар берилген. Ҳәр еки өним де базарда өз орны ҳәм әҳмийетине ийе.

Музқаймақ – тек ғана мазалы зат емес, ал турмыс тәризимиздиң бир бөлеги, экономикалық өним ҳәм денсаўлық пенен байланыслы мәселе. Оған болған талап бәрқулла бар болады. Бирақ саламат қурамға ийе вариантларды таңлаў – ҳәр бир инсанның ўазыйпасы. Ислеп шығарыўшылар болса бул өнимди тек ғана мазалы емес, ал пайдалы етиў жолында турақлы излениўде болыўы керек.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА